Хожели районынан Наргүл Худайбергенова көп жыллардан берли исбилерменлик пенен шуғылланып келмекте. Бүгинги күни райондағы Қырқыншы  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қарақалпақ текстиль” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине басшылық етип келмекте.

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси “Ҳаял-қызлар қанаты” менен биргеликте “Бунёдкор аёллар” жойбары шеңберинде бул жерге саяхат шөлкемлестирилди. Жойбардың мақсети, ҳаял-қызлардың арасында бизнес көнликпелерин қәлиплестириў бойынша бийпул оқыў әмелий курсларын шөлкемлестириў, жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызларды исбилерменликке, атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменликке, өнерментшиликке, жумысты үйге алып ислеўге тартыў арқалы шаңарақлық бизнести раўажландырыў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў болып табылады. Соның менен бирге, олардың мүнәсип жумыс табыўына жәрдемлесиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, қәбилетли ҳаял-қызларды анықлаў ҳәм олардың қәбилетин дурыс жолға қойыўдан ибарат.

Илажда депутатлар ҳәм партияның ўәкиллери жәмәәтте ислеўшилерди “Өзбекстан-2030” стратегиясының мазмун-мәниси менен жақыннан таныстырып өтти. Онда ҳаял-қызлар мәселесинде де бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилгенлиги, елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, нызамлар, сондай-ақ пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар атап өтилди. Әсиресе, исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы белгилеп берилген ўазыйпалар додаланды.

O’zLiDeP тиң исбилерменлер ҳәм фермерлердиң мәплерин қорғаўдағы орны, исбилерменлик, соның ишинде, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, жаңа жумыс орынларын жаратыў, шаңарақлардың дәрамат дәрегин қәлиплестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Кәрхана тийкарынан тигиўшиликке қәнигелестирилген болып, бул жерде жигирмадан зыят ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген. Олар тәрепинен түрли миллет ўәкиллериниң, сондай-ақ қызларды узатқанда кийетуғын миллий кийимлери, қурақ көрпешелер тигилмекте.  Буннан тысқары исбилерменниң саўда орынлары да халыққа хызмет көрсетип келмекте.



Келешекте кәрхана жумысын еле де кеңейтиў, жумыс орынларының санын көбейтиў, оқыў орынларын ашыў режелестирилген. Саяхат даўамында партия ўәкиллери бул жерде мийнет етип атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести ҳәм оларға партия дүзилгениниң 20 жыллығы мүнәсибети менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги