Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, подполковник А.Утемуратов тәрепинен Шоманай районында гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти.

Онда Хожели, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының пуқаралары өзлерин қыйнап киятырған мәселелер бойынша қатнасты.

Қабыллаўда мүддетинен алдын Пробация қадағалаўынан шығарыўда әмелий жәрдем бериў мәселесиндеги, сондай-ақ, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын қайта тиклеў бойынша 14 пуқараның мүрәжаты көрип шығылды. Сондай-ақ  усы күни Нөкис қаласы, Нөкис, Тақыятас, Әмиўдәья районлары пуқаралары ушын да көшпели қабыллаў өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары тәрепинен 38 пуқараның мүрәжаты үйренип шығылды. Соннан 6 пуқараның арзасы қабыл етилип, орынлаўға алынды. 4 пуқараға ҳуқықый түсиник берилди. 8 пуқараның өзин-өзи бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, олардан 4 пуқараға тигиўшилик пенен шуғылланыўы ушын тигиў машинасы, 4 пуқараға кондитер өнимлерин таярлаў ушын электр печи тапсырылды.

Биринши топар майыплығы болған пуқараның мүрәжаты бойынша оған майыплық арбашасы тапсырылды. Бир пуқараға ID-карта рәсмийлестирилип берилди. 18 пуқараның мүддетинен алдын Пробация қадағалаўынан шығарыўда әмелий жәрдем бериў мәселесиндеги мүрәжаты бойынша Жынаят ислери бойынша судларына усыныс хатлар жиберилип, унамлы шешимин тапты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги