Әжинияз атындағы Нɵкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 9-декабрь халық аралық Коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланған «Ашық есиклер күни» илажы болып ɵтти.

Контркоррупция айлығы шеңберинде институттың Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бɵлими тәрепинен шɵлкемлестирилген илажды өткериўден тийкарғы мақсет – ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, коррупцияға қарсы гүресиўде заманагөй технологиялардан пайдаланыў болып табылады.

Илажда институттың Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бɵлиминиң баслығы П.Хожабеков, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикалық аймақлық бөлиминиң баслығы Қ.Каримхожаев шығып сөйлеп, мәмлекетимизде бул иллетке қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасы болып табылады. Буның ушын жәмийетлик қадағалаў жумысларының тәсиршеңлигин арттырыў унамлы нәтийжесин береди.

Илажда институттың Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бɵлими тәрепинен алып барылып атырған жумыслар таныстырылып, қатнасыўшыларға коррупция ҳәм оның унамсыз ақыбетлери бойынша түсирилген видеоролик қойып берилди.


-Коррупциялық жағдай ҳаққында тиккелей яки аноним түрде хабар бериў ушын арнаўлы исеним телефон орнатылып, телеграмм бот ашылған,-дейди  Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадғалаў» системасын басқарыў бɵлиминиң баслығы П.Хожабеков.-Буннан тысқары, ҳәр факультетте аноним хабарлар ушын Әдиллик қутылары орнатылды. Усындай илажлар нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў Аймақлық кеңеси тәрепинен Жоқары оқыў орынларының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жуўаплы хызметкерлери арасында өткерилген “Биз коррупцияға қарсымыз” таңлаўында биринши орынды жеңип алдық. Бул жумысларды еле де жетилистириў бойынша усынысларымыз тийисли уйымлар тәрепинен үйренип шығылмақта.

«Ашық есиклер күни» илажына қатнасқан ата-аналар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги