Шахматшы Афруза Ҳамдамоваға 100 млн сум, оның тренерине болса 50 млн сум ақшалай сыйлық берилди.

Афруза Ҳамдамова Италияда өткерилген шахмат бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионатының 14 жасқа шекемги болған жас категориясында жәҳән чемпионына айланған еди.

Жәҳән чемпионы болған Афруза Ҳамдамова 26-ноябрь күни мәмлекетимизге қайтып келди. Оны аэропортта президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева күтип алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги