Ташкент қаласында республикамыздың мектеп оқыўшылары арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финал жарысы болып өтти.

Оған мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан күшли командалар қатнасты.

Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, Наўайы ўәлаятындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң “Asia star” командасы биринши орынды жеңип алған болса, Жиззақ ўәлаяты Пахтакор районындағы 11-мектептиң “Yoshlar” командасы екинши ҳәм Нөкис қаласындағы 31-санлы мектептиң “Basqacha” командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Таңлаў соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен, арнаўлы диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы