Олий Мажлис Сенатының қырқ жетинши мәжилиси өз жумысын даўам етпекте.

Мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Сенат баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизде жәмийетлик турмысқа унамлы тәсир ететуғын әҳмийетли реформалардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Бул дүньяда глобал машқалалар, финанслық, экономикалық кризислер барған сайын күшейип атырған бир ўақытта әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде ҳәр түрли тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер, оларға халқымыздың белсене қатнасы халықаралық көлемде де тән алынбақта.Дүньяда Өзбекстанға болған қызығыўшылық артпақта. Көплеген ири халықаралық илажлардың мәмлекетимизде өткерилип атырғаны да буны тастыйықлайды.

– ЮНЕСКОның 43-сессиясы 2025-жылы Самарқандта өткерилиўи рәсмий тастыйықланды, – деди Сенат Баслығы Т.Норбоева. – Бул халықаралық жәмийетшиликтиң мәмлекетимиздеги реформаларға жоқары тән алыўдың үлгиси, деп билемиз.

Айтып өтиў керек, мәмлекетимизди раўажландырыўға қаратылған барлық стратегиялық ҳәм бағдарламалық ҳәрекетлеримиз Глобал турақлы раўажланыў мақсетлери менен үнлес түрде алып барылмақта.

Бул бағдарда парламентимиз дәрежесинде өз алдына комиссияның жумысы жолға қойылған.

Ноябрь айы мәмлекетимизде “Турақлы раўажланыў мақсетлери айлығы” деп жәрияланған. Бундай кең көлемдеги илаж мәмлекетимиздиң тарийхында дәслепки мәрте өткерилмекте.

–Мақсетимиз – Турақлы раўажланыў мақсетлери тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың әмелге асырылыўы үстинен парламент қадағалаўын алып барыў ҳәм бул бойынша халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў. Ай соңында – 30-ноябрь күни Ташкентте Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша  II Глобал форумын өткериўге таярлық көрип атырмыз. Онда ТРМ шеңберинде әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелердиң жуўмақларына қарап, преспективадағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм халықаралық бирге ислесиў белгилеп алынады,- деди Сенат Баслығы.

Норгул Абдураимова,

Носир Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА