Кегейли районы дүзилгениниң 95 жыллығы алдынан бир қатар таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары өткерилмекте.


Атап айтқанда “Есжан бақсының урпақлары” атамасындағы таңлаўға республикамыздың қала ҳәм районларынан бақсылар қатнасты. Онда Хожели районынан Оңғарбай Жолдыбаев биринши, Тахтакөпир районынан Толыбай Бердимуратов екинши, Шымбай районынан Айсарақ Қуўанышбаева үшинши орынларды ийеледи.

Сондай-ақ, аспазлар жарысында райондағы 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасып, миллий тағамымыз жүўери гүртикти таярлаў бойынша өзлериниң өнерин көрсетти. Төрешилердиң шешими менен Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйынынан Балзира Нуримова биринши,  Жылўан жап мәкан пуқаралар жыйынынан Айжамал Раметова екинши, Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынынан  Сапура Ғайбуллаева үшинши орынларға мүнәсип деп табылды.

Мини футбол бойынша жарысқа райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм оқыў орынларынан командалар қатнасты. Еки күн даўам еткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Биринши орынды районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, екинши орынды спорт мектеби ҳәм үшинши орынды 14-улыўма билим бериў мектебиниң командалары ийеледи.

Таңлаўлар ҳәм спорт жарысының жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Кегейли районы дүзилгениниң 95 жыллығына бағышланған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги