Өзбекстанда Жәҳән балалар күнин белгилеўге бағышланған ҳәптелик даўам етпекте.

Ҳәптелик шеңберинде Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Жоффри Ижумба, Өзбекстанның түрли ўәлаятларынан келген балалар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (МКШ) ўәкиллери, майыплығы болған шахслар менен ушырасты.

Ушырасыўда республикамызда бала ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар, ерисилген нәтийжелер атап өтилди.

Т.Норбоева елимизде балаларды мәжбүрий мийнетке тартыўға пүткиллей шек қойылғаны, оларды үзликсиз билимлендириў менен қамтып алыў, күш көрсетиў ҳәм зорлық етиўден қорғаў бағдарындағы жумыслар жедел алып барылып атырғанын атап өтти.

МКШ ўәкиллери, балалар ҳәм жаслар БМШтың Балалар ҳуқықлары бойынша комитетиниң Өзбекстан ушын усынысларды пуқаралық жәмийет ҳәм балалар арасында тарқатыўдың әҳмийетине толық тоқталды.

Илаж даўамында жақында өткерилген Ю-репорт сораўының нәтийжелери усынылды. Онда 1,8 мыңнан аслам респондент бала ҳуқықларын әмелге асырыў бойынша өз пикирлерин билдирген.

Сораў нәтийжелерине муўапық, респондентлердиң төрттен бир бөлегинен кемиреги (22 процент) бала ҳуқықлары бузылған жағдайда оларды қалай қорғаўды биледи. Айырым балалар өз ҳуқықлары ҳаққында айтыўдан уялады (16 процент) ямаса өз ҳуқықларын қорғаўға ҳәрекет етсе, жазаланыўдан қорқады (13 процент). Балалардың 60 процентинен асламы, егер олардың ҳуқықлары ол ямаса бул себеплерге бола бузылатуғын болса, өз ҳуқықларын қорғай алмайтуғынын мәлим еткен.

Жас қатнасыўшылар балалардың ең көп бузылатуғын ҳуқықлары бойынша өз пикирлерин билдирип, ҳүкимет ҳәм парламентке бир қатар усынысларды билдирди. Балалар да, МКШ ўәкиллери да мектепке бармаўы, климаттың өзгериўи ҳәм қоршаған орталық, балалардың жоллардағы қәўипсизлиги, шаңарақтағы зорлық жасаўлар ҳәм жас өспиримлердиң руўхый саламатлығы мәселелерине белги берди. Интернеттеги зыянлы сайтларға блок қойыў ҳәм интернетте балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыўды сорады.

Басқа мәселелер қатарында санлы дүнья жүзинде балалар ҳуқықларын белгилейтуғын БМШтың Бала ҳуқықлары бойынша комитетиниң 2021-жылдағы 25-санлы улыўма редакцияны әмелге асырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

МКШ ўәкиллери ҳәм жаслар бала ҳуқықларына байланыслы мәселелердиң додалаўларында, атап айтқанда, нызамшылық ҳәм ҳәкимшилик қағыйдаларды ислеп шығыў оларды әмелде енгизиў басқышларында турақлы қатнасыў нийетин билдирди.

Н.Абдураимова,

ӨзА