Кәрханаларда, шөлкемлерде, жәмийетлик орынларда, қоймахана имаратларында, жатақханалар ҳәм турақ жайларда, сондай-ақ, тийисли объектлерди жойбарластырыў, қурыў ҳәм қайта қурыў барысында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў яки өртке қарсы инвентарьлар, үскенелер, өртти анықлаў ҳәм өшириўдиң автомат қуралларынан пайдаланыў ҳәм оларды сақлаў қағыйдаларын бузыў:

— пуқараларға БЕМниң оннан еки бөлегинен 1 есесине шекем ( 33 мың сумнан 330 мың сумға шекем);

— лаўазымлы шахсларға болса – 1 есесинен 3 есесине шекем (330 мың сумнан 990 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 15-ноябрь күнинен 15-декабрьге шекем “Өрт қәўипсизлиги айлығы” өткерилмекте.

Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги