БМШтың шөллениў ҳаққындағы конвенциясының (CRIC-21) орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-мәжилиси шеңберинде БМШ Бас хаткериниң орынбасары, шөллениўге қарсы гүрес конвенциясы (UNCCD) атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиау Қарақалпақстан Республикасына келди.

Жоқары мәртебели мийман менен Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов бирге болды.

Сапарда UNCCD, Экология министрлиги, Тоғай хожалығы агентлиги, Экотуризм ҳәм аңшылықты раўажландырыў департаменти, Аралбойы халықаралық инновациялық орайы, сондай-ақ, «Deutsch Welle» (Германия), «TenGerTV» (Монголия), «The Astana Times» (Қазақстан), «МИР ТВ» (Қазақстан), «BBC Uzbekistan» ҳәм басқа да сырт ел ҒХҚ ўәкиллери де қатнасты.

Иброҳим Тиау Мойнақ районында Арал теңизиниң қурып қалған ултанында тоғай егиў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары менен танысты, сондай-ақ, бул жердеги тоғайзар, Арал теңизиниң қырғағы, Ашық аспан астындағы музейде болды.

Азиз Абдуҳакимов Иброҳим Тиауға елимизде Арал теңизиниң аймағын көклемзарластырыў, шөллениўге қарсы гүрес бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғанын айтып өтти.

«Кейинги жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында глобал экологиялық машқаланың алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жергиликли халықтың социаллық-экономикалық турмыс тәризин жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен бир қатар арнаўлы қарар ҳәм бағдарламалар қабыл етилип, оларға муўапық аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелий илажлар көрилди, – деди Экология министри. – Өзбекстан ҳүкимети алдында турған тийкарғы машқалалар халық ушын ишимлик суўы, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын суў жетипсеўшилиги, сондай-ақ, Арал теңизиниң қурып қалған ултанының ашық майданларында тез-тез тәкирарланып туратуғын қум ҳәм шаң боранлары болып есапланады».

Сапар даўамында Мойнақта терек нәллери егилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялар орайының директоры Бахытжан Ҳабибуллаев орай тәрепинен Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында презентация өткерди. Соның менен бирге, бул бойынша бир қатар халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў орнатылғаны ҳәм климатқа сай өсимликлер жетистириў ҳәм басқа да басламалар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Қалаберди, Бахытжан Ҳабибуллаев бир қатар перспективалы жойбарлар шеңберинде 100 гектар майданда шөлге, шорға шыдамлы черкез, қандым сыяқлы өсимликлердиң көргизбели майданшасы ҳәм Арал теңизиниң қурыған ултанында 10 гектар майданда нәлхана егиў нәзерде тутылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, 2023-жылы УНИСЕФ пенен биргеликте Өзбекстанда социаллық инновациялар ҳәи социаллық исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде «ИмконЛаб» (UPSHIFT-2023) бағдарламасының иске қосылғанын, бағдарлама нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының үш ўәлаятынан жаслардың 20 жойбары қоллап-қуўатланғаны ҳәм 100 ден артық интакер жасларға жаңа кәсиплик көнликпе ҳәм тәжирийбелерди ийелеўде әмелий жәрдем көрсетилгенин де атап өтти.

Мағлыўмат ушын, Аралбойы халықаралық инновациялар орайы Шорланыў шараятында беодийқаншылық халықаралық орайы (ISBA), Синцзян Экология ҳәм география институты (HIEG), Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (ЛСА), БМШ Раўажаланыў бағдарламасы (UNDP), Глобал жасыл өсиў институты (GGII), Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиў байланысларын орнатқан.

Буннан тысқары, Арал теңизиниң қурыған ултанындағы экосистеманы тиклеў мәмлекетлик бағдарламасының бас кураторы, академик Зиновий Новицкий жойбардан гөзленген  мақсет ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, ол Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектарға шамалас майданда әллеқашан шор ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы сексеўил ҳәм басқа да ҳәр қыйлы егинлер егилгенин, тийкарғы мақсет аймақ экологиясын жақсылаў екенлигин атап өтти.

«Өсимликлер топырақтағы дузларды жоқ етиў ушын өз тамырларынан пайдаланады. Сексеўил топырақ ҳәм қум бөлекшелери тарқалыўының алдын алады»,-деди Новицкий. – Бул өсимликлерден карбонат ангридридин жутып, қоршаған орталыққа кислород шығарады, яғный ҳаўа тазаланады. Сексеўил путасы бир тоннаға шекем зәҳәрли қум ҳәм дузды услап турыўы мүмкин».

2018-2022-жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 1,6 миллион гектар майданда шөл өсимликлери туқымын егиў ҳәм нәллер отырғызыў жолы менен «жасыл қаплама» жаратылды. Буннан тысқары, 6,4 мың тоннан қорғаў тоғай нәллери отырғызылды. Тоғай плантацияларын сапалы нәллер менен тәмийинлеў мақсетинде тоғай хожалығы тәрепинен ҳәр жылы 100 гектар майданда сексеўил питомниклери шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги