«Өзбекстан» халықаралық форумлар сарайында «Өзбекстанның мәмлекетлик уйымлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў» бағдарламасының сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Салтанатлы илажда ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшы ҳәм жуўапкерлери, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ҳәм журналистлер қатнасты.

Мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметы нәтийжелилигин арттырыў, бул бағдарда алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимети менен бирге ислесиў алып барылмақта. 2022-жыл 11-апрельде Мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылған.

Конференцияны кирис сөз бенен ашқан Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов илажда Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимет ислери бойынша министри мырза Муҳаммад бин Абдуллаҳ ал-Гаргавий ҳәм басқа да ҳүкимет ўәкиллериниң қатнасып атырғанын атап өтти. БАӘ Жақын Шығыс регионында Өзбекстан ушын ең әҳмийетли шериклерден бири болып есапланады. Өткен қысқы ўақыт ишинде еки тәреплеме қатнасықлар кең көлемли бирге ислесиў дәрежесине көтерилди. Бул процессте ерисилген келисимлер әмелде жүзеге шығарылмақта. Оған мәмлекетлеримиз басшылары – Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм БАӘ Президенти Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян беккем тийкар жаратып берген.

БАӘ Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллаҳ ал-Гаргавий мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар раўажланып атырғанын атап өтти.

– Мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмет нәтийжелилигин арттырыў тараўында БАӘниң раўажланыў тәжирийбеси тийкарында «Өзбекстанның мәмлекетлик уйымлары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў» бағдарламасы ислеп шығылды, – дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўаплы хызметкери Севара Зокирова. – Жойбар Президент жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен БАӘ Бас министриниң офиси менен биргеликте әмелге асырылды.

Бағдарлама елимизде мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызмет нәтийжелилигин баҳалаўға қаратылған болып, мәмлекеттиң миллий раўажланыў бағдарламасы, тараўға байланыслы стратегиялардың орынланыўын тәмийинлеўде жоқары көрсеткишлерди атап өткен мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик хызметлерди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде әмелге асырылады.

Бағдарламада усы жылдың август айында 17 министрлик ҳәм 70 тен аслам хызметкер 8 номинация бойынша қатнасты. Усынылған анкеталарды Бағдарламаға муўапық баҳалаў мақсетинде БАӘтен 36 маман қәниге-асессор тартылды. Олар министрликлерге шықты. Мәмлекетлик басқарыў академиясында интервьюлери шөлкемлестирди. Баҳалаўда стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыў, қәдириятлар, ресурсларды жаратыў имканиятлары есапқа алынды.

«Үлгили министрлик» номинациясында Әдиллик министрлиги 1-орын, Аўыл хожалығы министрлиги 2-орын, Санлы технологиялар министрлиги 3-орынды ийеледи.

«Стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўда Денсаўлықты сақлаў министрлиги 1-орын, Санлы технологиялар министрлиги 2-орын, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 3-орынды ийеледи.

«Функция, хызмет ҳәм инновацияларды әмелге асырыў» номинациясында Әдиллик министрлиги 1-орын, Аўыл хожалығы министрлиги 2-орын, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 3-орын болды.

«Интеграцияласқан механизмлер тараўындағы үлгили министрлик» номинациясында Әдиллик министрлиги 1-орын, Аўыл хожалығы министрлиги 2-орын, Мәденият министрлиги 3-орынды алды.

«Ең жақсы баслама» номинациясында «» басламасы менен бул парктиң атқарыўшы директоры Абдулаҳад Қўчқоров 1-орын, «Жаслар технопарки» басламасы менен жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Шаҳлохон Турдиқулова 2-орын, «АКИС-аўыл хожалығы хызметлери» басламасы менен аўыл хожалығы министриниң орынбасары Қаҳрамон Юлдашев 3-орын ийеси болды.

«Ең жақсы жойбар» номинациясында «Аўыл хожалығы холдинглерин шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыў жойбары менен аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Азимжон Назаров, «Әмиў-Бухара ирригация системасын қайта тиклеў» жойбары менен суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев, «Бир миллион өзбек программистлери» жойбары менен санлы технологиялар министриниң орынбасары Рустам Каримжонов жеңимпазлықты қолға киргизди.






















Буннан тысқары, илажда индивидуал номинациялар жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери де анықланды. Онда үлгили министр орынбасары, үлгили басқарма хызметкери, мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм хызмет көрсетиў бойынша үлгили хызметкер, үлгили қәнигелескен хызметкер, үлгили аймақлық басқарма хызметкери анықланды.

Жеңимпазларға бирге ислесиўшилердиң диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы