Жәҳән саўда шөлкеми сайтында “Өзбекстан ЖСШға ағза болыў процесине  жаӊа пәтлер бермекте” атамасындағы мақала жәрияланды.

Мағлыўмат етилгениндей, бул мәселе бойынша ишки топар ақырғы жыйналысында ағза мәмлекетлер республика ҳүкиметиниӊ шөлкемге қосылыў бойынша сойлесиўди алға қойыў бойынша ҳәрекети жеделлескенин жоқары баҳалады.

“Үлкен делегацияныӊ қатнасыўы Өзбекстанныӊ ЖСШға ағза болыў тилегине беккем ҳәм толық садықлығын сәўлелендиреди”, деп билдирди ишки топар басшысы, Корея Республикасы елшиси Юн Сон Док. Елши, сондай-ақ, июнь-октябрь айлары даўамында мәмлекет жыйналысына сойлесиўди жеделлестириўге қаратылған бир қатар жаӊа ҳүжжетлер усынғанын да атап өтти.

Автордыӊ атап өтиўинше, ЖСШ бас директорыныӊ орынбасары Сянчен Чжан ишки топарға мүрәжатында институционаллық өзгерислерди, ишки муўапықластырыў ҳүжжетлери ҳәм усынылған басқа қосымша материаллардыӊ қоллап-қуўатланғанлығын айтқан. Атап айтқанда, ЖСШ қағыйдаларына муўапықлығын тәмийинлеў ушын нызам ҳүжжетлерин көрип шығыў механизми институционалластырылыўына жоқары баҳа берген.

Өзбекстан ишки топарыныӊ соӊғы жыйналысынан бери Грузия, Монголия, Нигерия, Түркия ҳәм Саудия Арабстаны сыяқлы бес ағза мәмлекет пенен еки тәреплеме келисимлерге қол қойғаны ҳаққында мағлыўмат берген. Сондай-ақ, базарларға кириў бойынша еки тәреплемели сойлесиў шеӊберинде 31 ағза менен белсене бирге ислесилмекте.

“Өзбекстан миллий нызамшылықты ЖСШ қағыйдалары менен сәйкеслестириўге қаратылған ҳәрекетти, атап айтқанда, Әдиллик министрлиги жанында Миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлери менен сәйкеслестириў бойынша жаӊа бөлим шөлкемлестириў бойынша сезилерли дәрежеде жеделлестирди”, деп жазған дәрек.

ӨзА