Өзбекстан Республикасы Президенти “Айырым санаат тармақларында  сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” пәрман қабыллады.

Оған бола,

Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры есабынан кондитерлик кәрханаларына экспорт алдынан ҳәм экспорт пенен байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыў ушын соңғы 12 даўамында әмелге асырылған экспорт көлеминен келип шыққан ҳалда 2 жыл мүддетке шекем төмендеги муғдарларда финанслық ресурслар ажыратылады:

экспорт көлеми 500 мыӊ АҚШ долларына шекем болғанда — 1 миллион

АҚШ долларына шекем;

экспорт көлеми 500 мыӊ АҚШ долларынан 4 миллион АҚШ долларына шекем болғанда  – 2 миллион АҚШ долларына шекем;

экспорт көлеми 4 миллион АҚШ долларынан артық болғанда  – 3 миллион АҚШ долларына шекем.

2025-жыл 1- январьға шекем кеӊ түрдеги кондитерлик өнимлерин ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын қадақлаў ҳәм этикеткалаў өнимлери (ТИФ ТН кодлары 3919 108 000 ҳәм 3921906 000) бажыхана бажыдан азат етиледи.

2024-жыл 31-декабрьге шекем ийирилген жип экспорт етиўде өндирилетуғын жыйнақтыӊ әмелдеги муғдарын 5 есеге кемейтиў;

2024-жыл 31-декабрьге шекем боялған гезлемени реализациялаўдан түскен улыўмалық түсимнен усы өнимлерди ишки базарда сатыў үлеси кеминде 50 процентти қураған кәрханаларға социаллық салықты 1 процент муғдарындағы салық ставкасы бойынша төлеў ҳәм үш жыл мүддетке шекем юридикалық тәреплерден алынатуғын мал-мүлик салығы төлемин кешиктириў хуқықы бериледи.

2026-жыл 1 октябрьге шекем тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханалары жумыс ушын зәрүр болған айрым товарларды импорт етиўде бажыхана бажы алып тасланады. Сондай-ақ, санаат зоналарында жер майданлары ҳәм имаратларды ижараға бериўде төлемлерди бөлип-бөлип төлеў дәўири әмелдеги 12 айдан 24 айға шекем узайтылады.

 

 ӨзА