“Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймқларыныӊ сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–158-сан, 16.05.2023 ж.) қабылланды.

Қарарға бола, 2023-жыл 1-декабрьден Республикада күшли жер силкиниўлер ҳаққында ерте ескертиўши миллий система басқышпа-басқыш иске түсириледи.

Бул миллий система шеӊберинде Өзбекстан ҳәм оған шегаралас аймақлардағы сейсмикалық ҳәдийселердиӊ мониторинги реал ўақыт режиминде жүритиледи.

Жер силкиниўи ошағына жақын ҳәм оннан аслам сейсмикалық станциялар күшли (5 ҳәм оннан жоқары баллы) тербелислерди анықлағында:

“Күши жер силкиниўлерден ескертиў” мобиль қосымшасы  арқалы халыққа қысқа секундларда республиканыӊ анықланған аймқларында күшли жер силкиниўи бақланыўы ҳаққында оператив хабарнама жибериледи.

2023 жыл 1 августтан:

“Суў қоймаханаларында сейсмологиялық бақлаўларды әмелге асырыўдыӊ электрон платформасы” иске түсириледи;

суў қоймаханаларында ислеўши жуўапкер хызметкерлердиӊ сейсмологиялық ҳәм сейсмометрикалық бақлаўларды әмелге асырыў ҳәм дәслепкеи талқылаў бойынша ҳәр 2 жылда маманлығын асырыў әмелияты жолға қойылады.

2024-жыл 1-январьдан баслап сейсмкалық белсене зоналарда жайласқан қалалардыӊ бас режелери жойбарларын тийисли аймақлардыӊ сейсмикалық микроаймақластырыў карталарына тийкарланған ҳалда ислеп шығыў әмелияты енгизиледи.

Аймақлардыӊ сейсмикалық микроаймақластырыў карталары Илимлер академиясы тәрепинен аслеп шығылады.

2023-жыл 1-июньнен баслап республика аймақларында белсене тектоникалық жер жарықларыныӊ көрсеткишлерин үйрениў жумыслары шөлкемлестириледи.

2023/2024-оқыў жылынан басқышпа-басқыш мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў басқышларыныӊ әмелдеги билимлендириў бағдарламаларына Жер силкиниўи ўақтында дурыс ҳәрекетлениў қағыйдалары киргизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги