БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша екинши глобаллық форумға қызғын таярлық көрилмекте. Бизге белгили, мәмлекетимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарында үлкен реформалар әмелге асырылмақта, халықаралық майданда алдынғы басламалар алға қойылмақта. Нәтийжеде Өзбекстан бул бағдарда пүткил дүнья жүзине үлги сыпатында көрсетилмекте.

Сенатта Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша II глобаллық форумның шөлкемлестириўши комитетиниң мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды. Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева усы жылы ноябрь айында Өзбекстанда биринши рет Турақлы раўажланыў мақсетлери айлығының шөлкемлестирилгенин атап өтти. Айлық 30-ноябрь күни Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша II глобаллық форумды өткериў менен жуўмақланады.

Илажда жүзге шамалас сырт ел парламент басшылары ҳәм ўәкиллери, халықаралық парламентлераралық шөлкемлердиң басшылары, халықаралық шөлкем ўәкиллери, сырт ел экспертлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўы күтилмекте.

Мәжилисте форумға таярлық жумысларының ағымдағы жағдайы, илажды өткериўге байланыслы шөлкемлестириў мәселелери, форум күн тәртиби, оның мазмуны сырт мәмлекетлердиң делегациялары менен еки тәреплеме ушырасыўларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, илажды жоқары дәрежеде өткериўге жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың өз-ара бирге ислесиў алгоритмлери белгилеп алынды.

Шөлкемлестириўши комитет, Турақлы раўажланыў мақсетлерин қадағалаў бойынша парламент комиссиясының ағзалары, сенаторлар, депутатлар, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер қатнасқан илажда форумның жуўмақланыўы бойынша қабыл етилетуғын Ташкент коммюникеси ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде пуқаралық жәмийеттиң қатнасыўын кеңейтиў ҳаққында»ғы резолюциясының жойбарын пуқта ҳәм жетик ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул ҳүжжетлердиң жойбарлары бойынша барлық мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм сырт ел экспертлериниң пикирин есапқа алыў ўазыйпалары белгиленди.

Н.Абдураимова,

ӨзА