Мәмлекетимиздиң арқа тәрепинде аралас қурамдағы әскерий бөлим қатнасыўында түнги шараятта шөл аймағында қорғаныўды шөлкемлестириў бойынша көргизбели комплексли батальон тактикалық оқыўы өткерилди.




Көргизбели батальон тактикалық оқыў шәртине бола бир неше жүзлеп километр аралықта мәмлекетлик шегараны нызамсыз бузып кирген ҳәм мәмлекеттиң ишине ҳәрекетленип атырған шәртли терроршы бөлимлер ҳәрекетин тоқтатыў ҳәм жоқ етиў бойынша оқыў-жаўынгерлик ўазыйпа алған әскерий бөлим кешке қарап «жыйын» сигналы бойынша жоқары жаўынгерлик таярлық жағдайына келтирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги