Соңғы жылларда елимизде исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, оны әпиўайыластырыў илажлары әмелге асырылып, қабыл етилген қарар ҳәм пәрманларға муўапық халықты исбилерменлик жумысына және де кеңнен тартыў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи арқалы нызамлы мийнет ислеўи ушын бир қатар шараятлар жаратылмақта. Соның нәтийжесинде өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың саны жылдан-жылға артып, халықтың абаданлығы артпақта.

Қарақалпақстан Республикасында 2023-жылдың 10 айында өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың саны 96368 ге жетти.

2022-жылда 47906 пуқара өзин-өзи бәнт еткен болса, 2023-жылда бул көрсеткиш 96368 ге жеткен.

– Буны аймақлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, Нөкис қаласында 14250, Әмиўдәрья районында 9926,  Беруний районында 10394, Кегейли районында 4160, Қоңырат районында 6279, Қанлыкөл районында 2722, Мойнақ районында 1568, Нөкис районында 3455 ти қурайды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баспасөз хызмети қәнигеси М.Мершиева.

Ал, Тахтакөпир районында 3065, Төрткүл районында 9669, Хожели районында 5866, Шымбай районында 5230, Шоманай районында 2400, Елликқала районында 10308, Қараөзек районында 2844, Бозатаў районында 906, Тақыятас районында 3326 пуқара өзин-өзи бәнт еткенлер қатарына қосылды.

Өзин-өзи бәнт еткен шахслар – өз жумысын өзи таўып, оны өзи орынлаў арқалы дәрамат табатуғын физикалық тәреплер болып есапланады. Репетиторлар, тәрбияшылар, сантехниклер, электриклер, шаштәрезлер, курьерлер, автомобиль жуўыўшылар, өнерментлер, сипсекешлер, тигиўшилер, программистлер ҳәм басқа да көплеген кәсиптегилер өзин-өзи бәнт етиўшилер болыўы мүмкин.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги