Усы жылдыӊ 18-ноябрь күни Абу Даби әмирлигиниӊ Ал Ватба аймағында болып өтип атырған “Шайх Зоид” фестивалы шеӊберинде “Өзбекстан” павильоныныӊ ашылыў мәресими болып өтти.

Фестиваль қатнасыўшылары “Өзбекстан” павильонына келип, мәмлекетимизде таярланған мыскерлик, гүлалшылық, миллий гезлемелерден таярланған өнимлер көргизбесине гүўа болыўы мүмкин. Сондай-ақ, павильонда миллий нама-қосықлардыӊ үнлеслигинде Өзбекстанныӊ гастрономиялық имканиятларын көрсетиў мақсетинде ҳәр түрли миллий тағамлар таярланып, дастурханға тартылды.

Бул павильонныӊ ашылыў мәресиминде 18-ноябрь Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабылланған күн мүнәсибети менен Абу Дабидеги өзбекстанлылар қатнасыўында салтанатлы илаж өткерилди. Фестивальдиӊ орайлық мониторында Өзбекстан байрағы сәўлеленип, мәмлекетлик гимни жаӊлады. Сондай-ақ, 10 минут даўамында мәмлекетимиздиӊ туризм потенциалына арналған роликлер көргизбеси болып өтти.

Дипломатиялық ўәкииликханалар ҳәм белсенди ўатанласлар қатнасыўында фестивальдиӊ орайлық майданы бойлап байрақлар менен парад өткерилди.

Мағлыўмат ушын, “Шайх Зоид” мәдений мийрас дәстүрий фестивалы бесинши мәрте шөлкемлестирилмекте ҳәм ол 2023-жыл 17-ноябрьден 2024-жылдыӊ 9-мартына шекем даўам етеди.

Фестиваль ушын шөлкемлестирилген қалада 20дан аслам қатнасыўшы мәмлекетлердиӊ павильонлары, Көркем өнер қаласы,  “Selfiye street” майданы, Сахра музейи, балалар майданшалары, гүллер қаласы ҳәм азық-аўқат өнимлериниӊ павильонлары шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги