Қырғызстан пайтахты Бишкек қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА)на ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясының гүзги сессиясы болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясы қатнасты.

Өзбекстан ўәкиллери Парламентлераралық ассамблеяның сиясий мәселелер ҳәм халықаралық бирге ислесиў сондай-ақ, социаллық сиясат ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша турақлы комиссияларының мәжилислеринде қатнасты.

Парламентлераралық ассамблея кеңесиниң мәжилисинде 2023-жылы өткерилген илажлар жуўмағы қарап шығылды.

ҒМДА аймағындағы сайлаў кампаниялары мониторинги ҳаққындағы мағлыўматлар тыңланды. Буннан тысқары, бир қатар турақлы комиссиялар жумысы ҳаққындағы мәлимлеме тыңланды.

Дослық Аўқамы парламент ағзалары менен бирге халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар ҳәм экспертлер қатнасқан Ассамблея жалпы мәжилисинде денсаўлықты сақлаў, экология, қәўипсизлик ҳәм ҳуқық тараўларына байланыслы бир қатар үлги нызам жойбарлары көрип шығылды.

^лгили нызам дөретиўшилиги Ассамблеяның тийкарғы жумыс бағдары болып есапланатуғынын атап өтиў керек. ^лги нызамлар Дослық Аўқамы мәмлекетлери парламентлериниң ағзалары тәрепинен ислеп шығылады ҳәм олар усыныс характерине ийе болады.

Н.Абдураимова,

ӨзА