Мәмлекетлик нышанлар ҳәр бир халықтың ғәрезсизлиги, тынышлығы ҳәм турақлылығының тымсалы болып есапланады. Олар арасынан мәмлекетлик байрақ айрықша орын ийелейди.

Мәмлекетлик байрағымыздың отыз еки жыллығы кеңнен белгиленип атырған бүгинги күнде дүнья мәмлекетлери Өзбекстан Республикасы, оның мәмлекетлик белгилери – байрағы, герби ҳәм гимнин жақсы биледи.

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанның дүнья жүзи жәмийетшилигине танылыўында мәмлекетимизде спорттың көплеген түрлери жедел раўажланып атырғаны, талантлы спортшылар әўлады жетилисип шығып атырғаны, олардың айрықша жетискенликлери әҳмийетли орын ийелемекте. Мәмлекетти дүньяға танытыўда спорттың әҳмийети шексиз екени өз дәлийлин тапқан.

1994-жылы Японияның Хиросимо қаласында өткен XII жазғы Азия ойынларында биринши рет қатнасқан спортшыларымызды сырт елли ықласбент ҳәм қәнигелериниң көпшилиги жақсы танымайтуғын еди. Бирақ абырайлы жарыста қолға киргизилген избе-из жеңислеклер көпшиликтиң итибарын тартты. Әсиресе, футбол жарысында жеңиске ерискен Өзбекстан сайланды командасының ҳүжимшиси Шуҳрат Мақсудовтың финал ойынынан кейин мәмлекетимиз байрағын бәлент көтерген ҳалда командаласлары менен бирге майдан бойлап жуўырғаны стадионға келген мыңлаған ықласбентлерге де шешиўши ушырасыўды телевизорда көрген миллионлаған тамашагөйлерге Өзбекстан ҳәм өзбек халқын жақыннан танытты.

Бүгин дүньяның қайсы мәмлекетине бармайық, қайсы спорт жарысына қатнаспайық, байрақ-гербимизге қарап, Өзбекстаннан келгенимизди,  өзбек екенимизди бирден биледи.

– Байрақ күш-қүдирет, мәртлик, жеңис тымсалы болып есапланады, – дейди Азия ойынларында еки рет минберге көтерилген Зайнаб Дайыбекова. – Сол себепли мәмлекетимиз байрағы биз, спортшылар ушын муқаддес, оны бәрқулла бәлент тутыў ушын гүресемиз. Халықаралық майдандағы жеңислеримиз ушын Ўатанымыз байрағы көтерилип, мәмлекетимиз гимни жаңлағанда кеўлимиз мақтанышқа толады, көзимизде қуўаныш жаслары қалқыйды.

Мәмлекетимизде халық арасында спорт ҳәм денетәрбияны және де ғалаба ен жайдырыў, жаслардың спорт пенен шуғылланыў ушын кеңнен имканиятлар жаратыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде бүгин бир қатар қәбилетли, руўхый жақтан тетик, ҳәр тәреплеме күшли спортшылар камалға келмекте.

Олардан бири қылышласыў бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Зайнаб Дайыбекова болып есапланады.

Зайнаб 2002-жылдың 19-ноябрь күни Қарақалпақстанның Нөкис қаласында дүньяға келген. Шаңарағындағы саламат турмыс тәрзи, аймақтағы спорт түрлерине жаратылып атырған шараятлар оны он үш жасында қылышласыў таман ийтермеледи ҳәм ол бул спорт түриниң биринши тренери Дәўирбек Жиермуратовтан үйрене баслайды.

Район, қала бириншиликлеринде өз шеберлигин арттырған қылышпазымыз 2015-жылы Қарақалпақстанда өткерилген жарыста екинши, Өзбекстан чемпионатында болса үшинши орынды ийеледи. Бул оның усы спорттағы биринши рет үлкен табысы болды. 2016-жылдан Миллий сайланды команданың қурамына қабыл етилди.

– Анам бәрқулла мени барлық аналар сыяқлы өз мақсетим жолында жоқары шеклерди ийелеўим ҳәм елимиздиң абырайын және де арттырыўым керек екенин атап өтти ҳәм пәтиясын беретуғын еди, – дейди Зайнаб. – Мениң спортшы болып жетилисиўиме ийтермелеген тек ғана бир мақсет анамның тилеги ҳәм нийетин әмелге асырыў еди. Бирақ жарысларда бул мақсет пенен биргеликте елимиздиң абырайын қорғаў ҳәм байрағымызды және де жоқарыға көтериў сыяқлы сезимлер кеўлимди ийеледи.

Зайнаб 2016-2017-жылларда Өзбекстан чемпионатында алтын, гүмис ҳәм бронза медалларын қолға киргизеди.  2017-жылы Тайландтың Бангок қаласында болып өткен Азия чемпионатында қатнасып, мәмлекетимиз тарийхында қылышласыў бойынша биринши бронза медалына ийе болады. Оның ерискен бул жетискенликлери Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Nexia-3» маркалы автомашина менен сыйлықланады.

Қылышпазымыз ушын 2018-жыл да жеңислерге бай өтти. Дәслеп январь айында мәмлекет чемпионаты ҳәм кубогиниң жеңимпазына айланды. Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында болып өткен Азия чемпионаты ҳәм Ташкент қаласы басшылық еткен жәҳән чемпионатының командалық беллесиўлеринде үшинши орынды ийеледи. Ол ҳәр бир жеңис ҳәм утылысынан жуўмақ шығарады, өз үстинде тынымсыз мийнет етеди. 2019-жылы Азия чемпионатында биринши орынға көтериледи. Сондай-ақ, Жәҳән кубогинде жекелик бағдарында алтын, командалық беллесиўлерде болса бронза медалына ийе болды.

2021-жылы Зайнаб Дайыбекова Токиода (Япония) өткерилген XXXII жазғы Олимпиада ойынларында қатнасты. Усы жылы 30-июнь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев «Жаслар күни» байрамы мүнәсибети менен Зайнабты «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын «Жасорат» медалы ҳәм 30-август күни болса Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы атағы менен сыйлықлады.

– Президентимиздиң биз, спортшыларға билдирип атырған үлкен исеними, тренерлердиң мәсләҳәти ҳәм қоллап-қуўатлаўы жетискенликлеримизде тийкарғы фактор болмақта, – деди З.Дайыбекова. – Усы жылы «Ханчжоу – 2022» ойынларының ашылыў мәресиминде мәмлекетимиз байрағын дзюдошымыз Музаффар Тўрабоев пенен бирге көтерип, стадион ишинде айланғанымызда кеўлимде мақтаныш оянды ҳәм әлбетте бул жарыста алтын медалды қолға киргизип, Өзбекстан байрағын және де бәлент көтеремен деп нийет еткен едим. Гезектеги арзыў-нийетим, Олимпиада ойынларының алтын медалын мәмлекетимизге алып келиў ҳәм несип етсе бул ойынларда да байрақты алып жүриў.

Зайнаб Дайыбеков ушын 2023-жылғы спорт мәўсими де есте қаларлы болды. Ҳәр қыйлы халықаралық жарыслар ҳәм оқыў-шынығыў жыйынларында өз шеберлигин және де асырған спортшымыз Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилген жазғы Азия ойынларының байрағын алып жүриўшисине айланды. Ол бул жарыстың сабля бағдарында мүнәсип қатнасып, жекке беллесиўлерде бронза медалы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, командалық беллесиўлерде алтын медалды қолға киргизип, тарийхый нәтийже атап өтилиўине өз үлесин қосты.

Аўа, мәмлекетимизде ҳәр тәреплеме кәмил, дүньяда ҳеш кимнен кем болмаған нәўқыран әўлад жетилисип киятырған екен, олардың жәҳән майданларындағы жеңислерине Ўатанымыз байрағы бәрқулла бәлент көтерилип, гимнимиз  жаңлайды.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзАның хабаршысы