Президент Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни Сурхандәрья ўәлаятына барды.

Дәслеп уллы илимпаз Ҳәким ат-Термизий мақбарасы зыярат етилди. Қуран оқылып, Алладан елимизге тынышлық, халқымызға абаданлық тилеп пәтия оқылды.



Уламалар менен сәўбетте ҳәзирги күнде ҳәр қыйлы тартыс ҳәм урыслар болып атырғаны, бийгүна инсанлардың қаны төгилип атырғаны өкиниш пенен атап өтилди. Бул елимиздеги тынышлық-татыўлық қәдирин және де терең түсинип, инсанда шүкиршилик руўхын оятады. Бул жемислердиң әҳмийетин, Термизий сыяқлы бабаларымыздың илим-мәрипатын жасларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мәселелер бойынша Термизде илимий конференция өткериў усынысы билдирилди.

ӨзА