Стамбулдағы «Палестин ушын тынышлыққа биргеликте» саммитинде шығып сөйлеп, Өзбекстанның Биринши ханымы Зироат Мирзиёева қураллы соқлығысыўлар ақыбетинде барлық қурбан болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди.

Газада бир айдан артық ўақыт даўам етип атырған, мың-мыңлаған инсанлар, әсиресе, бийгүна балалар, кекселер ҳәм ҳаял-қызлардың өмирине зыян жеткерип атырған қорқынышлы ўақыяларды ҳеш зат пенен ақлап болмайтуғынын атап өтти.

«Тилекке қарсы, халықаралық жәмийетшиликтиң күшли қарсылығы ҳәм басымына қарамастан, апатшылық ҳәм ўайранагершилик көлеми мисли көрилмеген дәрежеде артып, оның соңы сирә көринбей атыр. Нәтийжеде қураллы соқлығысыўларға региондағы жаңа күшлердиң тартылыс итималы күн сайын күшеймекте», деди Өзбекстанның Биринши ханымы.




ӨзА