Статистика агентлиги мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстан Республикасы аймағынан тасылған (автомобиль ҳәм темир жол транспортларында) транзит жүклердиң көлеми 6,8 млн тоннаны қураған.
Транзит жүклердиң 5,5 млн тоннасы темир жол транспорты арқалы (жәми жүк көлемине салыстырғанда 80,3 %) тасылған.
Транзит жүклердиң 1,3 млн тоннасы (салыстырғанда 19,7 %) автомобиль транспорты арқалы тасылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги