2023-жылдың январь-октябрь айларында Қытай 3,922 миллион дана автомобиль экспорт еткен, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 59,7 процентке көп. Бул ҳаққында Қытай автомобиль ислеп шығарыўшылар ассоциациясы хабар берди.

Октябрь айында 488 мың машина сырт ел мәмлекетлерине жеткизип берилген. Бул көрсеткиш 2023-жылдың сентябрь айына салыстырғанда 9,8 процентке, өткен жылдың октябрь айына салыстырылғанда болса 44,2 процентке көп.

Январь-октябрь даўамында мәмлекетте 24,016 миллион дана жеңил автомобиллер ислеп шығарылған болып, соннан 23,967 миллион машина сатылған. Бир ғана октябрь айының өзинде ислеп шығарылған автомобиллер саны 2,89 миллион дананы қурайды, соннан 2,853 миллионы сатылған.

Алдынырақ Өзбекстанға 10 айда 22,5 мың электромобиль импорт етилгени, бул өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 6,1 есеге көп екени ҳаққында хабар берген едик. Электромобиллердиң 20,64 мыңы (91,7 проценти) Қытайдан импорт етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги