18-май – Халықаралық музейлер күни. Сәне мүнәсибети менен бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик Үлкетаныў музейи ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бердақ миллий музейи және Репрессия қурбанлары музейине кириў бийпул.
Музейлердеги ата-бабаларымыздың мийрасларын тамашалап, кеўилли дем алыўға шақырып қаламыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.