O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен партия шөлкемлестирилгениниң 20 жыллығы мүнәсибети менен “O’zLiDeP 20 жаста” сүрени астында шеберлик сабағы өткерилди.
Онда депутатлар, тийисли шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлер, ҳаял-қызлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат басшысы К.Артиқов, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Сайпова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде барлық тараўларда әмелге асырылған жумыслар, “Өзбекстан – 2030” стратегиясындағы әҳмийетли бағдарлар ҳәм мақсетлер атап өтилди.
–Қыйын диагнозлы балалардың тәрбиясы менен шуғылланып келген аналарды ҳақыйқый қаҳарман десек болады, – дейди “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспесиниң баслығы Гулшат Турсымуратова. –Ҳәр бир ана перзентиниң жеңисине қуўанады, оны илҳамландырады. Оның менен бирге түрли илажларға қатнасады, бир-бири менен пикирлесиў арқалы машқалаларды сапластырады. Мине бүгин партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илажға аналары менен бирге келген балаларға исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен әпиўайы қағаз қыйындыларынан қандай затлар ислеўге болатуғынлығы, қол мийнети менен исленген жумыслар, туўылған күн ямаса жақынласып киятырған жаңа жыл байрамы алдынан саўғалар таярлаў бойынша мәсләҳәтлер берилди. Арнаўлы олимпиада– бул тек спорт, дәслепки жеңис ғана емес, бәлким күшлерди бирлестириў, қыйын жағдайлардан шығыў жолларын табыў, жаңа дослар арттырыў ҳәм өзи сыяқлы айрықша итибарға мүтәж балалар менен жақын болыў имканияты болып табылады.
Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен партия шөлкемлестирилгениниң 20 жыллығы мүнәсибети менен имканияты шекленген қәбилетли балаларға естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги