ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде райондағы Дослық МПЖда мәҳәлле ҳаял-қызлары ушын бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

Жойбардан гөзленген мақсет – ҳаял-қызлардың медицина тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин еле де арттырыў, олардың өз саламатлығына итибар қаратыўы, оларды тәжирийбели шыпакер ҳәм медицина тараўы ўәкиллери менен ушырастырыў арқалы ең үлкен байлық – саламатлық екенлиги бойынша терең түсиникке ийе болыўына ерисиў болып есапланады.

Репродуктивлик жастағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, балалар ушын жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейтиў, ҳәмиледарлар ҳәм балаларда нәсиллик-генетикалық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў процесслерин халықаралық стандартларға сәйкес түрде әмелге асырыў көлемин кеңейтиў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.

Илажда мәҳәлле ҳаял-қызларының сораўларына тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен жуўап, керекли мәсләҳәт ҳәм усыныслар берилип, 25 ҳаял-қыз бийпул медициналық тексериўден өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги