Бозатаў районы спорт мектебинде спорттың “Jiu-Jitsu” түри бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында «Бозатаў районы кубоги» жарысы шөлкемлестирилди.
Оған район ҳәкимлигиниң, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының басшылары ҳәм қәнигелери, ӨзЛиДеП Бозатаў районлық Кеңесиниң хызметкерлери, депутатлар қатнасты.
Ашылыў мәресиминде сөзге шыққанлар мәмлекетимизде cоңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы спортты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып атырғанлығын, бул жарыс усы спорт түрин раўажландырыў, спорттың бул түри жаслардың физикалық жақтан шыныққан бәркамал әўлад болып жетилисиўинде үлкен рол ойнайтуғынлығын атап өтти.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында денетәрбия ҳәм спорт пенен үзликсиз шуғылланатуғын пуқаралардың санын арттырыў, «Бес баслама олимпиадасы» бағдарламасындағы спорт түрлери дизимин олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери менен кеңейтиў белгиленген. Сондай-ақ, жеңимпаз болған 1500 инталы мәҳәлле жасларын спорт мектеплерине қосыў, халықты спортқа тартыў дәрежеси бойынша мәҳәллелер рейтингин қәлиплестириў ҳәм нәтийжели мониторинг системасын жаратыў, халық, әсиресе жаслар ушын спорт жарысларын өткериў системасын жетилистириў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген. Буннан тысқары стратегияда денетәрбиясы ҳәм спорт пенен үзликсиз шуғылланатуғын пуқаралар, соның менен бирге, оқыўшы ҳәм студентлердиң улыўма санын 26 процентке шығарыў ўазыйпасы қойылған.
Бул жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 200 ден аслам спортшы жаслар қатнасып, өз салмақ категориялары бойынша күш сынасты.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, олар район ҳәкимлиги ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги