Статистика агентлиги мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстан сырт елге көлеми 831 млн АҚШ долларына тең болған 1,3 млн тонна мийўе ҳәм палыз егинлер экспорт еткен.
Бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,1 есеге ямаса 99,5 мың тоннаға көбейген.
Мийўе-палыз өнимлериниң тийкарғы экспорт базарлары Россия (41,9 %), Пакистан (15,1 %), Қазақстан (12,2 %) ҳәм Қытай (8,4 %) мәмлекетлери үлесине туўра келеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги