Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Спортшыларға спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, спортшыларға спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Регламентте:

спортшылардың спорт түрлери бойынша спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын алыў ушын мүрәжат етиў тәртиби;

спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын алыў ушын арза ҳәм ҳүжжетлерди жибериў, көрип шығыў ҳәм гүўалықты бериў тәртиби;

спорт атақлары ҳәм спорт разрядларының әмел етиў мүддетин белгилеў ҳәм қайта рәсмийлестириў тәртиби белгилеп берилген.

Қарарға бола, мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын физикалық тәреплер тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўи керек болады.

Ҳәкимшилик регламентти әмелде қолланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған оқыў семинарлары шөлкемлестириледи.

2024-жыл 1-январьға шекем:

спортшыларға спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер БИМХП арқалы көрсетилетуғыны тәмийинленеди;

спортшыларға спорт атақлары ҳәм спорт разрядларын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса БИМХП арқалы арза бериў ҳәм 16 жасқа толмаған арза бериўшилер ушын БИМХП арқалы олардың ата-анасы ямаса нызамлы ўәкили тәрепинен арза бериў имканияты жаратылады;

БИМХПда мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң ҳәр бир басқышында мүрәжатлардың көрип шығылыўын бақлап барыў тәртиби енгизиледи;

«ERP sport» бирден-бир спорт электрон басқарыў системасы БИМХПға интеграцияланады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң белгиленген тәртибиниң орынланыўы бойынша олардың жумысы бойынша, соның ишинде, БИМХП арқалы турақлы қадағалаў орнатылады.

Ҳәкимшилик регламент талапларын бузғаны ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жазалар қолланылады.

ӨзА