Мағлыўматларға бола, тезлик шеклеўи 60 км/саатқа түсирилгеннен соң камера орнатылған орынларда ЖТҲлер 30 процентке азайған. Сондай-ақ, Өзбекстан жолларында жәми 2,5 мыңнан зыят камера ҳәм радарлар орнатылғанлығы мәлим болды.

ЖҲҚБ мәлимлеме хызмети баслығы Турсынбай Өтемуратовтың  берген мағлыўматлары бойынша, Қарақалпақстан Республикасында усы жылдын сентябрь – октябрь айлары даўамында 157 мың 027 қағыйдабузарлық анықланған. Олардан 25 проценти ҳаяллар тәрепинен қылынған болса, 75 проценти ер адамлар тәрепинен қағыйдабузарлықлар әмелге асырылған. Атап айтқанда, 10 ай даўамында 2 мың 159 пуқара қопал қағыйдабузарлықларға жол қойған ҳалда автотранспорт қуралын басқарған. Соннан 56 ҳаял спиртли ишимлик ишип автотранспортта ҳәрекетленген.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясына бола, айдаўшылардың транспорт қуралларын алкоголли ишимликтен, нәшебентлик зат тәсиринен яки өзгеше тәризде мәс ҳалда басқарыўы – транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан 1,5 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке айырып, БЕМның 25 есеси (8,2 млн сум) муғдарында айып пул салыўға себеп болады.

Еслетип өтемиз, 2023-жылдың дәслепки 3 айының мағлыўматына көре, Өзбекстанда аймақлар кесими бойынша Қарақалпақстан мәс ҳәлда автотранспорт қуралы басқарып жуўапкершиликке тартылыў бойынша үшинши орында еди.

 

Айзада Амангелдиева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги