Соңғы жылларда Аралбойы аймағындағы экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўды жеделлестириў, сондай-ақ, халықтың турмыс тәризи ҳәм дәраматларын арттырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Усындай ийгиликли жумыслардан илҳамланған ҳәм оған өз үлеслерин қосыўды мақсет еткен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мийнет жәмәәти ҳәм белсенди студент-жаслары елимизде ҳәр жылы жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилип киятырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары, соның менен бирге, 25-октябрь – 1-декабрь күнлери аралығында жәрияланған «Гүзги терек егиў мәўсими»нде Мойнақ районында жасыл бағларды жаратыўға бел байлады.

Жаслар ерте таңнан институт әтирапында жәм болып, бир мақсет – келешек әўладлар ушын қоршаған орталықты көркейтиў мақсетинде жолға атланды.

Студент-жаслар институт ректораты ўәкиллери ҳәм устазлары менен биргеликте райондағы «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы мәмлекетлик тоғай хожалығының питомнигинде ажыратылған майданға 300 ден аслам ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызды.







Бул ислерде институттың Тәбийғый пәнлер факультетиниң тәжирийбели профессор-оқытыўшылары, соның менен бирге, тоғай хожалығының қәнигелери жасларға жол-жобалар берип, нәллерди отырғызыўдың қағыйдаларын түсиндирди.

– Президентимиздиң «Мәденият – Мойнақтан басланады» деп айтып өткениндей, бүгин бизлер жаслар арасында экологиялық мәдениятты жетилистириў, елимизде әмелге асырылып атырған көгалландырыў жумысларына қол-көмегимизди бериў мақсетинде усы жерде ийгиликли басламаларды әмелге асырып атырмыз. Мен ойлайман, бизлердиң усындай ҳәр бир ҳәрекетимиз мәмлекетимиздиң жасыл аймаққа айланыўы ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге белгили дәрежеде үлес қосады, – дейди институттың Тарийх факультети студенти, белсенди жаслардың бири Ернияз Қасымов.

Дыққатқа ылайықлы тәрепи, жаслардың бундай басламаларын аўыл турғынлары, соның ишинде, жасыүлкен апаларымыз да қоллап-қуўатлап, жасларға ҳармасын айтып, биргеликте нәллер отырғызды. қосықлар айтып, кеўил-кейпиятларын көтерди.

Жаслар усындай ийгиликли ислерден кейин Мойнақ районында мәмлекетимиз басшысының узақты гөзлеп әмелге асырылып атырған реформаларының әмелий нәтийжелери менен танысып, Арал теңизиниң тарийхы бүгин оның қурыған ултанында исленип атырған тарийхый жумыслар ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

Арал теңизиниң қурыған ултанында экосистеманы жақсылаў, изертлеўлер ҳәм инновациялардың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фонды шөлкемлестирилди, сондай-ақ, Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Бүгинги күнге шекем теңиздиң қурыған ултанындағы 1,7 миллион гектарлық майданда сексеўил, черкез, қандим сыяқлы дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерден ибарат жасыл тоғайлықлар пайда етилди. Қуўанышлысы, усы шөл өсимликлериниң көгериўи бойынша жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги