Бүгин 2023-жыл 6-ноябрь күни Хожели районының орайында жайласқан жаңадан шөлкемлестирилген «Инсан» социаллық хызметлер орайының ашылыў мәресими болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының мәсләҳәтшиси Ш.Асқаров, усы агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, район ҳәкими Ж.Ермашев, тараў басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июньдағы «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, бул орай социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларымызға сапалы жәрдем көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, орай тәрепинен халыққа ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратып, олардың турмыс жағдайларын жақсылаў бағдарында халқымызға комплекс социаллық хызметлерди бийминнет көрсетеди.

Илажда Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Өзбекстан – социаллық мәмлекет», деген жоқары мақсеттиң әмелде орынланып атырғанлығы айрықша атап өтилди.

Буннан соң, орайдың салтанатлы түрде ашылыў мәресими өткерилип, дәстүрий лента кесилди.





Қатнасыўшылар орайдағы жаратылған шараятлар менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги