Мәмлекеттиӊ пуқаралық хызметкери төмендегилерге ҳақылы емес:

— өзара жақын туўысқаншылыққа яки қуда тәрепинен жақын болған шахслар менен (ата-аналар, аға-инилер, апа-сиӊиллер, улар, қызлар, ерли-зайыплылар, сондай-ақ, ерли-зайыплылардыӊ ата-аналары, аға-инилери, апа-сиӊиллери ҳәм перзентлери) әйне бир мәмлекетлик уйымында бирге хызмет етиўи, егер олардыӊ бирге хызмет етиўи олардан бириниӊ екиншисине теккелей бағыныўына яки оныӊ бақлаўы астында болатуғын мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын ийелеўге, нызамшылықты нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары;

— педагогикалық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа жумыс пенен шуғылланыўға, Өзбекстан нызамларында ҳәм Президент қарарларында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары;

— исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға;

— исбилерменлик жумысы субъектлерин шөлкемлестириўге, олардыӊ шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы) болыўға, исбилерменлик жумысы субъектинде шөлкестириўшилик-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўазыйпаларын атқарыўға, акционерлик жәмийетлериниӊ еркин айланыста болған акцияларына нызамшылықта белгиленген талаплар шеӊберинде ийелик етиў жағдайлары буннан тысқары;

— өзи хызмет етип атырған мәмлекетлик уйымныӊ қадағалаўы астындағы яки оныӊ менен байланыслар ҳәм мәплерине ийе болған шөлкемлердеги үлеслерин, пайларын ҳәм акцияларын тиккелей яки ўәкиллер арқалы алыўға;

— өз хызмет ўәкиллеклерин физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мәплерин гөзлеп орынлаў яки орынламаў орнына олардан қандайда бир сыйлық, пайда яки саўғалар алыўға;

— сырт ел пуқаралығын алыўға;

— нызамшылықта нәзерде тутылмаған жеӊилликлер, преференциялар яки абзаллықлардан өз хызмет статусы менен байланыслы жағдайда пайдаланыўға;

— Өзбекстаннан тысқарыда есапбетлерин ашыўға ҳәм оларға ийе болыўға, көшпес мүлкке ҳәм басқа мал-мүликке ийелик етиўге, буннан сырт мәмлекетте тәлим алыў, стажировка өтеў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў мақсетинде ашылған есапбетлер, сондай-ақ, мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириўден алдын алынған ҳәм әшкараланған мал-мүликлер  тысқары;

— өзиниӊ ўәкилликлерин сиясий партиялардыӊ, басқа жәмийетлик бирлеспелердиӊ ҳәм олардыӊ уйымларыныӊ мәплерин гөзлеп әмелге асырыўға.

Қарақалпақстан хабар агентлиги