Статистика агентлиги мәмлекеттиң турақлы халқы саны 2023-жылы қаншаға өскенин мәлим етти.
Оған бола, 2023-жылдың 1-октябрь жағдайына мәмлекеттиң турақлы халқының улыўма саны 36 миллионнан 599 мың 764 ды қураған. Бул муғдар 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2,2 процентке көбейген. Бул болса жылдың ҳәр бир айында орташа 63,9 мың перзент дүньяға келиўин аңлатады. Ҳәр күни турақлы халқы саны 2,1 мыңға көбейеди. Соннан халықтың 18 миллион 176 мың 873ти ҳаял-қызлар, 18 миллион 422 мың 891 ды болса ерлер қурайды. Бул мәмлекетте ҳаял-қызлардың саны ерлерден 246 мың 18 ге аз екенин көрсетеди.
Буннан 18,7 миллионнан аслам халық қалаларда жасаса, 17,9 миллионы аўылларда жасайды.
Өзбекстан халқының аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи төмендегише:
Самарқанд ўәлаяты – 4 миллион 186,1 мың адам;
Ферғана ўәлаяты – 4 миллион 40,6 мың адам;
Қашқадәрья ўәлаяты – 3 миллион 539,6 мың адам;
Әндижан ўәлаяты – 3 миллион 376,1 мың адам;
Наманган ўәлаяты – 3 миллион 49 мың адам;
Ташкент ўәлаяты – 3 миллион 36,3 мың адам;
Ташкент қаласы – 3 миллион 20,3 мың адам;
Сурхандәрья ўәлаяты – 2 миллион 838,7 мың адам;
Бухара ўәлаяты – 2 миллион 34,8 мың адам;
Қарақалпақстан Республикасы – 1 миллион 994,4 мың адам;
Хорезм ўәлаяты – 1 миллион 983,7 мың адам;
Жиззақ ўәлаяты – 1 миллион 499,8 мың адам;
Наўайы ўәлаяты – 1 миллион 70,5 мың адам;
Сырдәрья ўәлаяты – 909,7 мың адам.
Қарақалпақстан хабар агентлиги