Өзбекстанда 2023-жылдың январь-сентябрь айларында жәми ири кәрханалар тәрепинен 4,5 миллион тонна көмир қазып алынған.

Бул ҳаққында Статистика агентлиги мағлыўмат берди.

Көмир қазып алыў көлеми 2022-жылдың тйиисли дәўири менен салыстырылғанда 14,5 процентке көбейген.

2023-жылдың сентябрь айында ири кәрханалар тәрепинен 685,6 мың тонна көмир қазып алынған.

Алдын Өзбекстандағы 10 118 мектептиң 6 807 и ямаса 67,3 проценти көмир жанылғысына өткерилгени мәлим етилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги