Кеше Европаның бир қатар қалаларында футбол бойынша УЕФА Чемпионлар лигасының 3-турынан орын алған бир неше ушырасыўлар болып өтти.

Олардың биринде Түркияның «Галатасарай» клубы Мюнхенниң «Бавария» клубын өз майданында қабыллады. Ойынның 8-минутында Кингсли Коман «Галатасарай» дәрўазасына гол урып мюнхенликлерди алдынға алып шыққан болса, 30-минутта Мауро Икарди пенальтиди анық әмелге асырып, есапты теңлестириўге миясар болды.

Екинши таймда да өзлериниң айрықша шеберликлерин көрсеткен «Бавария» футболшылары «Галатасарай» дәрўазасына және еки гол урыўға еристи. Атап айтатуғын болсақ, 73-минутта Харри Кейн, 79-минутта Жамал Мусиалалардың урған голлары «Бавария»ға гезектеги 3 упайды алып берди.

Ал, «D» топарында ойнап атырған «Интер» Австрияның «Зальцбург»ин қабыллап, 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Бул ойында миланлылар қурамында Алексис Санчес ҳәм Ҳақан Чалханўғли өз есабына гол жаздырып қойған болса, Оскар Глух «Зальцбург»тың жуўап тобын «Интер» дәрўазасына анық жоллаўға еристи.

Англияның ең белгили клубыларының бири «Манчестер Юнайтед» бул турда Данияның  «Копенгаген»ни менен ойнап, оны 1:0 есабында жеңип шықты. Ушырасыўдағы жалғыз голды Харри Магуайр урыўға миясар болды. Бул манчестерлилердиң быйылғы жылы Чемпионлар лигасындағы дәслепки жеңиси болып есапланады.

Сондай-ақ, бул турда Лондонның «Арсенал»ы мийманда «Севилья»ны, Мадридтиң «Реал»ы Португалияның «Брага»сын 1:2, «Реал Сосьедад»   «Бенфика»ны, «Наполи» Германияның «Унион» клубын 0:1 есабында жеңип шыққан болса, Францияның «Ланс» клубы Нидерландияның «ПСВ Эйндховен» клубы менен өз-ара бир упайдан бөлисти. Есап 1:1.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы