Қоңырат районы спорт мектеби залында бокс  бойынша 2010-2011-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Онда жас былғары қолғап ийелери 15 салмақ категориясында күш сынасты. Жарыс жуўмағында ең күшли спортшы жаслар өз салмақ категориялары бойынша жеңиске еристи. Командалық есапта Қоңырат районы боксшилер биринши, Нөкис қаласы екинши, Хожели районы командасы үшинши орынларды ийеледи.



Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги