Кеше Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларының екинши күнинде Өзбекстанның спорт делегациясы 6 алтын, 6 гүмис ҳәм 6 қола медальларын қолға киргизиўге еристи.

Улыўма командалық есапта болса, өзбекстанлы спортшылар 12 алтын, 12 гүмис ҳәм 14 қола медальлары менен 4-орынды ийелеп тур.

Бул жарысларда ҳәзирги күнге келип қытайлы параатлетлер биринши, иранлылар екинши, япониялылар үшинши орынды ийелеп киятыр.

Бүгин мәмлекетимиздиң 35 ўәкили 7 спорт түри бойынша беллесиўлерге түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы