Бүгин Ташкент қаласында Азия чемпионлар лигасының 3-турынан орын алған ойын болып өтеди.

Онда Өзбекстан чемпионы «Пахтакор» командасы Түркменстанның «Аҳал» клубы менен ушырасады.

Ойын саат 19:00де «Бунёдкор» стадионында басланады.

Соны айтып өтиўимиз керек, өткен еки турдан соң «Пахтакор» клубы өзи ойнап атырған «А» топарында ең соңғы орында бармақта. Ал, Түркменстан клубы болса, 3 упай менен Ал-Айннан соң екинши орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы