Усы жылдың 20-22-октябрь күнлери Ташкент қаласында регби-7 бойынша 2005-2007-жылларда туўылған ерлер ҳәм қызлар сайланды командалары арасында U-18  Өзбекстан кубоги ҳәм 2003-2005-жылларда туўылған ерлер ҳәм қызлар сайланды командалары арасында U-20  Өзбекстан кубоги жарыслары болып өткен еди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан сайланды командалар қатнасып, усы жарыста 2005-2007-жылларда туўылған қызлар сайланды командамыз барлық қарсыласларын жеңип шығып, U-18   Өзбекстан кубоги жеңимпазы болған болса, 2003-2005-жылларда туўылған қызлар сайланды командамыз U-20   Өзбекстан кубоги жарысында сыйлы 2-орынды ийеледи.

Бүгин, 24-октябрь күни Нөкис темир жол вокзалында жеңимпазлар  Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректораты, факультет жәмәәти, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында күтип алынды.



– Республикамыздың U-18 сайланды командасы қурамында институтымыздың Дене мәденияты факультетиниң студентлери С.Сабирова, Ш.Жалалова, Д.Утемуратова, Н.Амангелдиева, Ү.Утешовалар мүнәсип қатнасып, жеңиске өз үлеслерин қосқан болса, U-20 сайланды команда қурамында институттан А.Шамшетова, М.Аматова, Г.Пержанова өзлериниң жоқары спорт шеберликлери менен жақсы нәтийжени қолға киргизиўге тийкар жаратты,-дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баспасөз хаткери И.Матеков.

Илажда сөзге шыққанлар спортшыларды әжайып табыслары менен қутлықлап, алдағы жарысларда да әўмет тиледи.

Спортшыларды жарысқа Антон Михайлов ҳәм Жеткербай Базаровлар таярлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги