Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде Нөкис қаласындағы ҳаял-қызлар, Шымбай районындағы ерлер “Мүриўбет” үйлеринде шахмат ҳәм шашка бойынша жарыс өткерилди.

Бундай жарыслардың өткерилиўи тәрбияланыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, усы арқалы олардың саламатлығын ҳәм өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеўге хызмет етеди.

Жарысқа тәрбияланыўшылар айрықша қызығыўшылық пенен қатнасты. Әсиресе “Ақыл гимнастикасы” деп аталатуғын, көпшиликке бираз қыйын көринетуғын шахмат ойынында  өз шеберликлерин көрсетти.


Жарыс жуўмағында жеңимпазлар менен сыйлы орынлардың ийелери анықланып, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги