Қытайдың Ханчжоу қаласында  IV Пара Азия ойынларының биринши күнин 6 алтын, 6 гүмис ҳәм 8 қола меальлары менен улыўма командалық есапта үшинши орында жуўмақлаған Өзбекстан спорт делегациясы, жарыстың екинши күнинен орын алған беллесиўлерди де көтериңки руўхта баслап жиберди.

Атап айтқанда, Пара каноэ бойынша ерлер арасында KL3 класында Ҳасан Қўлдошев, VL3 класында Ҳайтмурод Шерқўзиев, ҳаял-қызлар арасында KL3 классында Шаҳноза Мирзаевалар алтын медальларды қолға киргизиўге миясар болды. Ал, Пара жеңил атлетиканың F13 класында найза ылақтырыў бойынша Нозимахон Қаюмова ҳәм F56 класында Наталия Семёнова, ядро ылақтырыў бойынша қатнасқан Нурхон Қурбонова лар гүмис медаль ийесине айланды.

Бүгин Өзбекстанлы спортшылар пара дзюдо, пара жүзиў ҳәм пара шахмат бойынша да жарысларға қатнасады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы