Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Неке, шаңарақ ҳәм пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырыў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Бул қарар менен

– Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары;

– Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары хызметкерлериниң санын белгилеў тәртиби;

– Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў қағыйдалары;Туўылғанлықты дизимге алыўға байланыслы комплексли мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

– Өлимди дизимге алыўға байланыслы композит мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Жаңа гербли гүўалықлар бергени ушын (өлим ҳаққындағы гербли гүўалықлар ҳәм жетим балалар және ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды тәрбия мәкемелерине жайластырыўда берилген туўылғанлығы ҳаққындағы гербли гүўалықлар буған кирмейди) герб жыйымы базалық есаплаў муғдарының 15 проценти муғдарында өндириледи.

Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының архив мағлыўматларын санластырыў нәтийжесинде түрли жыллар даўамында бир түрдеги серия ҳәм санлы туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар рәсмийлестирилип берилген жағдайлары анықланған жағдайда, бул гүўалықларды қайта рәсмийлестиргени ушын герб жыйымы өндирилмейди.

ӨзА