«Өзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Тақыятас нефть базасы» ЖШЖда өткерилген қадағалаў илажларында 861 мың 649 литр (8 миллиард 203 миллион сум муғдарында) дизель жанылғысында кемислик бар екени анықланды.

«Өзэнергоинспекция» баспасөз хызметиниң хабарына бола, ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша белгиленген тәртипте илажлар көриў ушын тийисли ҳүжжетлер ҳуқық қорғаў уйымларына усынылған.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА