Қытайдың Ханчжоу қаласында IV Параазия ойынларының ашылыў мәресими болып өтти.

Орайлық стадионда ашылыў мәресиминиң салтанатларында қатнасатуғын мәмлекет спорт делегацияларының парады шөлкемлестирилди. Стадионға жеңил атлетикашы Нурхан Қурбонова ҳәм жүзиўшимиз  Азиз Бойназаров Өзбекстан мәмлекетлик байрағын көтерген ҳалда кирип келди. Усы тәризде континентимиздиң 43 мәмлекети пара спортшылары сап тартты.

Параазия ойынларының гимни жаңлады ҳәм IV жазғы Параазия ойынларының байрағы көтерилди. Спортшылар ҳәм төрешилер ант қабыллады.

 Ашылыў мәресиминиң көркемлик бөлими жарыс қатнасыўшылары ҳәм мийманларының кеўилине көтериңки кейпият бағышлады.

Еслетип өтемиз, бул Параазия ойынларында континенттиң 43 мәмлекетинен 4000 пара атлетлер қатнаспақта. Төрт жыллықтың ең абырайлы комплексли ойынларында Өзбекстан делегациясы өз тарийхында биринши мәрте 11 спорт түри бойынша 108 пара спортшылар менен қатнасыўы күтилмекте. Соны да атап өтиў керек, ойынларда ўәкиллеримиз пара шахмат, пара каноэ, пара академиялық ескек есиў, пара велоспорт, пара таэквондо ҳәм пара стол тенниси бағдарламалары бойынша биринши мәрте беллесиўлерде қатнасады.

Пара оқ атыў, пара стол тенниси, пара жеңил атлетика, пара дзюдо, пара таэквондо, пара пауэрлифтинг, пара велоспорт, пара каноэ, пара академиялық ескек есиў, пара жүзиў бағдарламаларында паралимпияшыларымыз медальлар менен бир қатарда, келеси жылы Париж қаласында болып өтетуғын Паралимпиада ойынларының лицензиялары ҳәм рейтинг очколары ушын да беллеседи.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзАның хабаршысы