Өзбекстанда 2023-жылдың январь-сентябрь айларында жәми ири кәрханалар тәрепинен 514,2 мың тонна қумшекер ислеп шығарылған. Бул ҳаққында Статистика агентлиги мәлим етти.

Бул 2022-жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда 4,5 процентке көбейген.

2023-жылдың сентябрь айында болса ири кәрханалар тәрепинен 59,7 мың тонна қумшекер ислеп шығарылды.

Мағлыўмат ушын, усы жылдың январь-июль айларында Өзбекстанда ислеп шығарылған қумшекер муғдары 402,1 мың тоннаны қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги