МҒКАде өткерилген брифингте инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы мәлимлеме хызмети баслығы Ғулом Мирзаев усы форум ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Халықаралық форум Инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик декларациясының 75 жыллығы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Вена пүткил жер жүзилик конференциясының 30 жыллығына арналады.

Онлайн ҳәм офлайн тәризде болатуғын халықаралық форумның тийкарғы миллий шөлкемлестириўшиси Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Миллий орайы есапланады. Сондай-ақ, мәмлекетимиздеги барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жаслар шөлкемлери халықаралық әнжуманға қамтып алынбақта.

Халықаралық форумда тийкарғы ҳүжжет – Орайлық Азия жасларының ҳуқықлары ҳаққындағы декларация қабыл етилиўи режелестирилмекте. Онда Форумның тийкарғы нәтийжелери ҳәм әмелий усыныслары өз көринисин табады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги