Өзбекстан мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зиялылар, ҳаял- қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ халқымызға

Мүрәжаты

Әзиз ўатанласлар!

Бизге белгили, Жер планетасы – адамзаттыӊ бирден-бир Ўатаны. Жер – өмир дәреги. Инсан өмири ушын не зәрүр болса, барлығын бизге мине усы сақаўатлы жер саўға етеди. Тилекке қарсы, бүгин суўдан, топырақтан надурыс пайдаланыў, экологиялық жақтан зыянлы технологияларды қолланыў ақыбетинде планетамызда климат өзгерип, биологиялық көп түрлилик жоғалып бармақта. Жер жүзиндеги 8 миллиардтан аслам инсанияттыӊ өмири қәўип астында қалмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев жақында БМШ минберинде инсаният өмирине қәўип салып атырған үш кризис – климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы ҳәм қоршаған орталықтыӊ патасланыўын сапластырыўға байланыслы әҳимийетли басламаларды алға қойды.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 11-октябрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде де усы мәселе бойынша бир қатар әҳимийетли усыныслар билдирип, тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, 25-октябрьден 1-декабрьге шекем журтымызда “гүзги терек егиў мәўсими” жәрияланды.

Ҳәр қашан ана тәбият пенен үнлес ҳәм сәйкес болып, қоршаған орталықтыӊ тазалығы ҳәм турақлылығын сақлаўға умтылып киятырған көп миллетли халқымыздыӊ атынан биз Президентимиздиӊ әйне усы басламаларынан руўхланып, барлығыӊызды, пүткил ел-журтымызды  “ Жаӊа Өзбекстан- жасыл мәканда бирге жасайық! ” деген уллы идеяны қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Дана халқымызда “Жақсыдан бағ қалады” деген мәнили ҳикмет бар.

Солай екен, миллий қәдириятларымызға садық қалған ҳалда, шаӊарақта перзент дүньяға келгенинен оған атап нәл егиў, жәрдем жолы менен бағлар жаратыў, имаратлардыӊ әтирапын көклемзарластырыў сыяқлы ийгиликли дәтүрлеримизге сәйкес түрде ҳәр бир хожалық тәрепинен 20 түп нәл егиў ҳәм өсириў басламасын алға қоямыз.

Сондай-ақ, ҳәр бир пуқараныӊ той ҳәм басқа жақсы күнлеринде нәл егиўди дәстүрге айландырсақ, не дейсизлер?! Бул жүдә саўаплы илаж емес пе?

Қәдирли мәҳәлле белсендилери, көше басшылары ва шаӊарақ басшылары!

Ҳәзирги ўақытта, айырым мәҳәллелерде, көше ҳәм гүзарларда бос турған, терек егилмеген жерлер де көп. Ендиги ўазыйпамыз усы жерлерди бағ-бақшаға айландырыўда мәҳәлле турғынларыныӊ аўызбиршилигин күшейтиў, аймақтыӊ абатлығы ҳәм халықтыӊ абаданлығына хызмет ететуғын жойбарларды кеӊейтиўден ибарат. Буныӊ ушын ҳәр бир мәҳәлледе “мәҳәлле бағлары”н жаратыўымыз, жасыл аймақларды көбейтиўимиз, жеке өрнек сыпатында дәслеп өз үйимиз ҳәм көшемизди абат етиўимиз, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына өз үлесимизди қосыўымыз зәрүр.

Егилген ҳәр бир нәлди тәрбиялаў ҳәм сақлаўда мәҳәлле белсендилери, басқарыў-сервис компаниялары пидайылық көрсетиўи керек. Буныӊ ушын “мәҳәлле жетилиги”, көше басшысы ҳәм шаӊарақ басшылары ҳәм шаӊарақ ийелерин жуўапкер сыпатында бириктириў мақсетке муўапық.

Ҳүрметли нуранийлар!

Сизлердиӊ өмирлик тәжирийбеӊиз, пәтия ҳәм тилеклериӊиз халқымыз ушын ҳәмийше үлкен таяныш ҳәм сүйениш болып келмекте.

Журтымыздағы 3 миллионнан аслам нуранийлардан мәҳәллелерде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда, халық тәрепинен нәллерди үлгили егиўди шөлкемлестириўде және де белсендилик ҳәм интакерлик күтип қаламыз. Сизлердиӊ жеке үлгиӊиз, ақыл-нәсият, усыныс ҳәм көрсетпелериӊиз барлығымыз ушын әҳмийетли.

Нуранийларымыздыӊ ҳәр бири 1 түптен нәл ексе, 3 миллионнан артық жаӊа терек пайда болады. Яки ҳәр бири өзине 10 жасты тартса, бул сан 10 есеге артады.

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, үй алды қыйтақ жер ийелери!

Жерге меҳир бериў, оныӊ ҳәр бир қарысынан үнемли пайдаланыў, нәл егип, бағ жаратыўда сизлердиӊ үлесиӊиз үлкен. Бир ғана нәл жетистириўге тоқтап өтетуғын болсақ, мәмлекетимизде бир ярым мыӊ фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелери тәрепинен 81 миллионнан аслам тут, жүзим, тал, ғоза ҳәм басқа нәллерге күтим берилмекте.

Бул саўаплы ислерди даўам еттириў ушын ҳәр бир шаӊарақ ийеси өзиниӊ үй алды қыйтақ жерине, мәҳәлле гүзары ҳәм көшесине 10 түптен нәл ексе, журтымыз бойлап орташа 55 миллион терек пайда болады.

Фермерлеримиз “Бир атыз – бир өним” принципи тийкарында өз аймағына тут, жүзим, терек ҳәм басқа нәллерди ексе, ҳәр бир қарыс жеримиз бағ-бақшаға айланады.

Қәдрли зыялылар, илим, әдебият, көркем өнер ўәкиллери ҳәм спортшылар!

Сүйикли Ўатанымыздыӊ раўажланыўына үлес қосатуғын басламаларды қоллап-қуўатлаўда сизлердиӊ белсене қатнасыўыӊыз әҳмийетли.

Сиз сыяқлы ел таныған дөретиўшилик халқына, зиялылар ҳәм спорт жулдызларына журтымыз жаслары өзгеше ҳәўес пенен қарайды.

Солай екен, журтымызда әмелге асырылып атырған ғүзги терек егиў мәўсиминде сизлерден жаӊа-жаӊа басламалар, әмелий ҳәрекетлер ҳәм жеке үлги күтип аламыз!

Ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындаслар!

Шаӊарағымыз, мәҳәллемиздиӊ қут-берекети сизлер менен гөззал!

Тәбият та ана сыяқлы муқаддес! Ана ҳәм тәбият түсиниклери бир-бирине сәйкес. Ананы қандай қәстерлесек, тәбиятты да сондай қәдирлеўди перзентлеримиздиӊ санасына тереӊ сиӊдирейик!

Әўләдларымыз тап ата-бабаларымыз сыяқлы бағлар жаратыўшы, ана тәбият қорғаўшысы болсын! Сонда ғана тәбиятты негизги ҳалында сақлап, оны келешек әўладқа зыянсыз жеткериўге ерисемиз.

Ҳәзирги ўақытта, “Аналар – жасыл мәкан ушын” идеясыныӊ дәстүрге айланып баратырғаны, мәҳәллелерде “Аналар бағы” шөлкемлестирилип атырғаны қуўанышлы. Бул жумысларда 10 мыӊға шамалас мәҳәлледеги “Ақыллы ҳаяллар” ҳәрекетиниӊ де мүнәсип орны бар. Гезектеги ўазыйпамыз – усы ийгиликли илажларды халқымыз арасында кеӊнен ен жайдырыўдан ибарат.

Әзиз жаслар!

Сизлер  Жаӊа Өзбекстанныӊ қурыўшы күшисиз! Халқымыз гөзлеп атырған жоқары шеклерге ерисиўде ақыл-парасатыӊыз, күш-ғайратыӊыз, ана Ўатанға болған садықлығыныз теӊсиз.

Ана жеримизге меҳир бериӊ! Нурлы келешек ушын бүгиннен баслап өз шаӊарағыӊыз, көшеӊиз, мәҳәллеӊизде нәлиӊизди егиӊ, аймақта “Жаслар бағы”н шөлкемлестириўде баслама көрсетиӊ!

Ҳеш қашан умытпаӊ, сиз Өзбекстанныӊ перзентисиз, сизиӊ үлесиӊиз – бул ата-анаӊыз, мәҳәллеӊиз ҳәм пүткил халқымыздыӊ абаданлығы ушын хызмет етеди.

Қәдирли ўатанласлар!

Терек егиў ҳәм оны тәрбиялаўды миннетлеме емес, қәдирият сыпатында қабыл етейик!

Ҳәр биримиз келешек әўлад алдындағы миинетимизди тереӊ сезген ҳалда, “Жасыл мәкан” жойбарын улыўма халықлық миллий ҳәрекетке айландырайық!

Бизден перзентлеримизге абат, жасыллыққа оралған гөззал Ўатан мийрас қалсын!