Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының “Нөкис” сыртқы экономикалық жумыс  бажыхана посты аймағындағы “UMID-NUKUS” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы бажыхана қоймаханасында арнаўлы-тактикалық шынығыў болып өтти.

“Товар-материаллық байлықлар сақланатуғын қоймаханаларда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, айрықша жағдайлар жүз бергенде ҳәрекетлениў тактикасы” атамасында өткерилген оқыў-шынығыўында айрықша жағдайлар, бажыхана, денсаўлықты сақлаў, Нөкис қаласы газ ҳәм электр тармақлары кәрханалары, қоймахана ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Жеке меншик бажыхана қоймаханасында 3 өрт орны белгиленип, қәўетерли “өрт” сигналы берилди. Қатнасыўшылар тезлик пенен өзлерине белгиленген ўазыйпаларға киристи.

Бажыхана постының баслығы тәрепинен оператив қарар қабыл етилип, пост хызметкерлеринен пост ҳәм қоймахана аймақларының қәўипсизлигин тәмийинлеў отрядлары дүзилип,  оператив иске кирисилди. Атап айтқанда, өрт болған аймақта зәҳәрленген пуқараларға биринши медициналық жәрдем көрсетилип, өрт ошағынан сыртқа алып шығыў илажлары басланды. Оператив структуралар тәрепинен өртти өшириў, оның ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлер итиятлылық ҳәм орайласқан ҳалда әмелге асырылды.

“Шәртли” өрт тактикалық шынығыўында ҳәр бир структуралар тәрепинен Штаб топарына тапсырмалар орынланғаны туўралы мәлимлеме берилди. Өрт толық сапластырылғаннан кейин структура басшылары тәрепинен шынығыў даўамында ҳәрекетлердиң избе-излиги ҳәм оперативлиги баҳаланып, оларды орынлаў барысында жол қойылған кемшиликлер атап өтилди. Шынығыў жуўмағында өрт жүз бергенде керекли болған заманагөй техникалық қураллар ҳәм авария-қутқарыў экипажының көргизбели шығыўы өткерилди.




Усы арнаўлы-тактикалық шынығыўды өткериўден мақсет, өрт жүз бергенде оператив структуралардың биргеликтеги ҳәрекетин тәмийинлеў көнликпелерин қәлиплестириўден ибарат. “Тилсиз жаў айтып келмейди” дегениндей, ҳәр қандай айрықша жағдайға таяр турыў, олардың жүз бермеслигине ҳәрекет етип, болған жағдайда дурыс ҳәрекет етиў бәршемиздиң ўазыйпамыз болып табылады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги